Улыўма емлеўхана көп жыллық тәжрийбеге ие шыпакерлер!
Улыўма емлеўхана — кең қамтыўлы диагностикалық, емлеў ҳәм профильактикалық хызметлерди усыныс ететуғын көп профильли медицина шөлкеми.
Емлеўхана, шыпакерлер ҳәм хызметлеримиз ҳаққында онлайн консультация алың.
толық танысыўШыпакерлеримиздиң жумыс ўақты ҳаққында мағлыўмат алыӊ ҳәм өзиңизге қолай ўақытты таңлаӊ.
толық танысыўАўыр жағдайдағы наўқасларды емлеў, наўқас жағдайын бақлап барыў ушын арналған бөлим.
Стационар қабыллаў бөлиминде палаталарымызда жатып емлениў мүмкиншилиги бар.
Кеӊ спектордағы диагностикалық ҳәм емлеў профилоктикалық хызметлер көрсетиледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январьдағы “2025-жылда республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай...
Биздеги тийкарғы бөлимлер ҳәм хызметлер дизими
Улыўма емлеўханада халыққа кеӊ спектордағы емлеў-диагностикалық хызметлер көрсетиледи.
Профилактика, ерте диагностика, созылыӊқы кеселлиги бар наўқасларды динамикалық бақлаў ҳәм емлеў.
Алкоголь, наркотикалық психотроплық затларға ғәрезли наўқасларды суд қарары тийкарында мәжбүрий емлеў.
Психикалық бузылыўшылығы бар ҳәм жәмийет ушын қәўипли наўқасларды психиатриалық мәжбүрий емлеў.
Өз қәлеўи менен келген наўқасларға жоқары квалификациялы медициналық жәрдем көрсетиледи.
Мәслик жағдайын медициналық тексериў бөлиминде - алкоголлық мәслик фактын ҳәм дәрежесин анықланады.
Стационар көрикке келген наўқаслар қабылланады ҳәм биринши көриктен өткериледи.
Наўқастыӊ улыўма жағдайын баҳалаў, алкоголлик ҳәм психоактивлик затларды қабыллағанын анықлаў ҳәм тастыйқлаў.
Реабилитация - наўқастыӊ тийкарғы емлениўинен кейинги комлекс қайта тиклениў басқышы.
Наркологиялық экспертизаларды өткериў бойынша арнаўлы комиссия - наўкас жағдайын баҳалаў ушын комиссия.
Бул наўқас толық госпитализацияланбай, күндизи ем қабыллап, кешке үйине қайтып кететуғын медициналық көмек түри.
Орайластырылған зыянсызландырыў - биологиялық, химиялық, медициналық шығындыларды зыянсызландырыў.
Рентген диангостика бөлмесинде заманагөй рентген үскенеси жәрдеминде рентген сүўретлери алынады.
Функционал диагноз бөлмесинде наўқас ағзаларыныӊ функционал жағдайын аныўлаў ушын диагнозлар қойылады.
Реанимация ҳәм интенсив терапия бөлиминде наўқасларға қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиледи.
Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медициналық орайының наркология хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры.
Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының наркология хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалы директорының емлеў ислери бойынша орынбасары.
Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий-әмелий медицина орайының наркология хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалы Кәсиплик аўқам баслығы, врач невропатолог.
Төмендеги форма арқалы биз менен байланысыўыңыз мүмкин