26-iyun – Xalıqaralıq náshebentlikke qarsı gúresiw kúni
- 26.06.2026
- 0
Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги ҳәр бир тараўда санластырыў процеси күн сайын артып бармақта. Негизинде бул өзгерислердиң түп-тийкарында халықтың ең әҳмийетли ҳүжжетлерин дизимге алыўшы ПҲАЖ (ЗАГС) уйымлары турыўы тәбийғый. Бурынлары «ЗАГС» десе, көз алдымызға қалың архив китаплары ҳәм узын-шубай нәўбетлер келетуғын болса, бүгин бул түсиник түп-тийкарынан өзгерди. Қуўанарлысы, ПҲАЖ хызметкерлериниң жумысындағы ең үлкен жаңалық — бул Мәмлекетлик хызметлердиң интеграцияласыўы болды. Демек, солай екен, ендигиден былай, нәресте туўылғанда ата-ананың бир неше мәкемеге барып сарсан болыўына ҳеш қандай қәжет жоқ. Себеби, туўылыўды дизимге алыўдан сүйинши пулын алыўға шекем болған барлық жумыслар бирден-бир электрон система арқалы әмелге асырылмақта. Және де соңғы технологиялардың пайдалы тәреплери ҳаққында айта кететуғын болсақ, бириншиден электрон архив, бул миллионлаған қағаз ҳүжжетлер санлы (цифрлы) форматқа өткерилди. Бул жумыстың әдеўир жеңилленип, излеген мағлыўматларды секундлар ишинде табыў ҳәм қәтелердиң алдын алыў имканиятын береди. Ал, енди QR-код технологиясы болса, гүўалықлардағы QR-кодлар ҳүжжеттиң ҳақыйқыйлығын тастыйықлаў менен бирге, бурынғыдай көтере қағазпазлықты кескин қысқартты. Сондай-ақ, композит хызметлер болса бир мүрәжат пенен бала туўылыўына байланыслы 4-5 түрли мәмлекетлик хызметти (бақшаға нәўбет, жасаў жайы бойынша дизимге алыў ҳәм тағы басқа) бирден шешиў жолға қойылды.
Енди ең тийкарғысы, бүгинги ПҲАЖ хызметкери тек ғана дизимге алыўшы емес, ал, заманагөй технологияларды жетик меңгерген IT-оператор ҳәм халық пенен тығыз ислесетуғын психолог та болыўы талап етиледи. Санлы системалардың енгизилиўи хызметкерлердиң артықша жумысын жеңиллетип, пуқаралар менен ислесиўге көбирек ўақыт ажыратыўға шараят жаратты
ҚУНДЫЗ ИСМАЙЛОВА,
Нөкис қалалық ПАҲЖ бөлиминиң инспекторы.